Мәденият ҳәм көркем өнер раўажланыўы – илимий изертлеўшилер нәзеринде

54

Фоторепортаж

Жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын арттырыўдың тийкарғы факторларынан бири – бул профессор-оқытыўшыларды илимий-изертлеўге бағдарлаў, олардың потенциалын арттырыў арқалы дүнья илим жәмийетшилигинде өз орнына ийе болыўына жәрдемлесиў болып есапланады. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен шөлкемлестирилген “Жаңа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыў тенденциялары” атамасындағы халықаралық конференцияда бул мәселе де ҳәр тәреплеме додаланды.

Онда елимизден тысқары Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Татарстан мәмлекетлеринен келген профессор-оқытыўшылар, көркем өнер тараўы илимий изертлеўшилери илимий баянатларын қатнасыўшыларға усынды.

Конференция жумысында театрды раўажландырыўда режиссёр ҳәм актёрлардың көркем шеберлигин үйрениў, мәденият, библиография ҳәм социаллық-гуманитарлық тараўдағы жаңа басқышлар ҳәм креатив идеялар, фольклор-этнографиялық шығармалардың миллий музыка көркем өнериндеги орны ҳәм раўажланыў жоллары, драматургияның илимий ҳәм дөретиўшилик тәреплери, экран көркем өнеринде жаңа техника ҳәм дөретиўшилик басқышлар бойынша тәжирийбе алмасыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында анық режелер белгилеп алынды.

ӨзА