АҚШ дүньядағы ең күшли паспортлар онлығына кире алмады

60

Қурама Штатлар паспорты “Henley Passport Index” рейтингинде дүньядағы ең күшли паспортлар онлығына кире алмады ҳәм 12-орынға түсип кетти, деп хабар бермекте “РИА Новости”  басылымы.

Есабатқа бола, АҚШ пуқаралары 180 мәмлекетке визасыз ямаса келгеннен кейин виза алып барыўы мүмкин, бул бойынша америкалылар Малайзия пуқаралары менен бирдей көрсеткишке ийе. Салыстырыў ушын: дүньядағы ең қүдиретли Сингапур паспорты ийелери 193 мәмлекетке визасыз кириў имканиятына ийе.

“News week”  басылымының жазыўынша, АҚШ паспорты июль айындағы рейтингте Исландия ҳәм Литва менен бирге оныншы орынды ийелеген еди, бирақ соннан берли текшеден сезилерли дәрежеде түсип, бурынғы орнын жоғалтпақта.

С.Раҳимов, ӨзА