Экологиялық мәденият ҳәм спорт бирлескен күнде: «Eco – Save Aral-2025» марафоны болып өтти

81

Нөкис қаласында «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы»на бағышланып,  «Eco – Save Aral-2025» атамасындағы ғалабалық жуўырыў марафоны болып өтти.

Жарысқа республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынларының студентлери, улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, әскерий хызметкерлер, сондай-ақ, 7 жастан 70 жасқа шекемги халық ўәкиллери белсене қатнасты.

Қызықлы өткен жарыста марафон беллесиўлеринде ерлер арасында Рашид Искендеров биринши орынды ийелеген болса, ҳаял-қызлар арасында Динара Азадова жеңимпазлықты қолға киргизди.

«Студент жуўыр» жарысында болса, ерлер арасында Есенгелди Тилеўмуратов, қызлар арасында Айдана Пирлепесовалар биринши орынды ийеледи.

Ал, оқыўшылар арасында өткерилген «Оқыўшы жуўыр» жарысында болса, балалар арасында Полат Смаилов, қызлар арасында Ақмарал Кәримбаевлар бас сыйлыққа миясар болды.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар ҳәм номинация ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль, естелик саўғалар ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.