Енди МКШлар усақлап сатыўда қадағалаў сатып алыўы ҳәм “сырлы қарыйдар” илажларын өткериўи мүмкин

98

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Бәсекини тәмийинлеўге жәрдемлесиў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарарға бола, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (МКШ) тәрепинен “сырлы қарыйдар” ҳәм қадағалаў сатып алыў илажларын әмелге асырыў тәртиплери белгиленди. Бул арқалы медициналық хызмет көрсетиў ҳәм саўда тараўларында нызам талапларына әмел етилиўин МКШлар тәрепинен қалыс баҳалаў системасы енгизиледи.

Сондай-ақ, енди Комитет ҳәм оның аймақлық уйымлары тәрепинен және тәжирийбе дәўиринде мәмлекетлик емес шөлкемлердиң қатнасыўында қадағалаў сатып алыўы ҳәм “сырлы қарыйдар” илажлары нызамлылық, қалыслық ҳәм жасырынлық принциплерине тийкарланып өткериледи. Бул илажлар бойынша реже Комитет тәрепинен ислеп шығылып, рәсмий түрде тастыйықланады. Ҳәр бир илаж бойынша жуўапкерлер, орын, мүддет, тексерилетуғын мәжбүрий талаплар ҳәм фото-видео жазыў тәртиби буйрық пенен белгиленеди. Қадағалаў сатып алыў процесинде алынған үлги ҳәм мағлыўматлар тийисли лабораторияларда сынақтан өткериледи. Егер товар ямаса хызмет нызам талапларына муўапық болмаса, тийисли ўәкилликли уйымларға жибериледи ҳәм жәмийетшиликке мәлим етиледи.

Биринши мәрте нызамбузыўшылық анықланса, түсиндириў ҳәм жәрдем илажлары көриледи, қайталанған жағдайларда болса тексериў белгиленеди.

Мәмлекетлик емес шөлкемлер өз қаржылары есабынан илажларды әмелге асырады, Комитет болса бул жумысты муўапықластырады ҳәм методикалық жәрдем көрсетеди.

Буннан тысқары, қарар арқалы денсаўлықты сақлаў тараўында “сырлы қарыйдар” усылы менен медицина ҳәм дәрихана хызметлериниң сапасын баҳалаў және усақлап сатыўда қадағалаў сатып алыў процесслерин нызам шеңберинде жолға қойыў ушын анық ҳуқықый тийкар жаратылды.

Қарарға муўапық, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында жуўапкер уйымлар белгиленди.

Бәсекини раўажландырыў тараўында – Бәсеки комитети, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Транспорт министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги, Энергетика министрлиги ҳәм Санлы технологиялар министрлиги.

Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында – Бәсеки комитети, Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги.

Бул жуўапкер уйымлар ҳәр жылы кеминде бир мәрте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге өзлерине бириктирилген тараўларда таллаўлар өткериў, машқалаларды үйрениў ҳәм өз ўәкилликлери шеңберинде басқа да илажларды шөлкемлестириў бойынша бюджеттен тысқары қаржылары есабынан мәмлекетлик социаллық буйыртпалар береди.

Енгизилген тәртиплер хызмет көрсетиў ҳәм саўда тараўларында әдил бәсеки орталығын қәлиплестириў менен бирге МКШлардың жумысын қоллап-қуўатлап, тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм хызмет көрсетиў сапасы мониторинги ушын нәтийжели инструментлерди усыныўға хызмет етеди.

 

Н.Раҳмонова, ӨзА