Германия делегациясы менен аграр тараўда бирге ислесиў мәселелери додаланды

98

Соңғы жыллары Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламалары менен Қарақалпақстанда аўыл хожалығын реформалаў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, сырт еллер менен аграр тараўда тәжирийбе ҳәм жаңалықлар алмасыў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Усы мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Шуҳрат Тешаев Германия Бундестагиниң Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Ҳерманн Фербердиң басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Сапар шеңберинде болып өткен ушырасыўда комитет секретариатының баслығы Винфрид Холц, Бундестаг депутатлары Кристоф Фрауенпрайс, Штеффен Яних ҳәм Ина Латендорф та қатнасты.

Сәўбетлесиў даўамында Қарақалпақстанда аграр тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар додаланды. Соның ишинде, фермер хожалықлары ҳәм шарўашылық пенен шуғылланыўшы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, тараўды санластырыў, егислик майданларында тамшылатып суўғарыў ҳәм лазерли тегислеў сыяқлы заманагөй технологияларды енгизиў мәселелерине айырықша дыққат қаратылды. Сондай-ақ, мийўе-овощь өнимлерин терең қайта ислеў, органикалық өнимлерди сертификатлаў ҳәм бул бағдардағы қоллап-қуўатлаў механизмлери додаланды. Қарақалпақстан Республикасының климат шараяты, дийқаншылықтағы жетискенликлери, Германияның аграр тараўындағы алдыңғы тәжирийбелери ҳәм аграр жаңалықлар бойынша шешимлер талқыланды. Сондай-ақ, еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары бойынша пикир алмасылды.

Бул ушырасыў Қарақалпақстан ҳәм Германия арасындағы аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Ушырасыў жуўмағында тәреплер аграр тараўда биргеликли жойбарларды әмелге асырыў, қәнигелер алмасыўын жолға қойыў ҳәм тәжирийбе алмасыўды даўам еттириўге келисип алды.

Германия делегациясы Нөкис районында жайласқан Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының жумысы менен де танысты.

Мийманларға орай илимпазлары тәрепинен Аралбойы регионында әмелге асырылып атырған илимий-изертлеў жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берилди. Соның ишинде, экотуризмди раўажландырыў, турақлы органикалық гүнжи жетистириў, Боян тамыр (Glycyrrhiza glabra) өсимлигин FairWild халықаралық талаплары тийкарында сертификатлаў, Боян тамыр ҳәм шиповник жетистириў ҳәм олардың экспортын жолға қойыў, сондай-ақ, экологиялық турақлылықты тәмийинлеген ҳалда Аралбойы регионында экономикалық раўажланыўды жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Делегация ағзалары орайдың жумысын жоқары баҳалап, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Буннан соң Германия делегациясы Беруний районындағы пахта атызларында да болды.

Германия Бундестагиниң Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Херманн Фербердиң басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Аўыл хожалығы министри Шуҳрат Тешаев пенен бирге Беруний районы Махтымқулы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Дурдыбаев Тажимурат” фермер хожалығының жумысы менен танысты.

Сапар даўамында мийманлар пахта жетистириў процесинде қолланылып атырған заманагөй агротехнологиялар, суўды үнемлейтуғын үскенелер ҳәм атыз майданларында әмелге асырылып атырған инновациялық қатнаслар менен танысты.

Германиялы қәнигелер фермер хожалығында алып барылып атырған жумысларға, атап айтқанда, өнимдарлықты арттырыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм жердиң өнимдарлығын жақсылаўға қаратылған әмелий илажларға жоқары баҳа берди.

Сапар даўамында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, алдыңғы тәжирийбелер алмасыў ҳәм аўыл хожалығында инновациялық технологияларды енгизиў бойынша өз-ара пикир алмасты.

Делегация Беруний районындағы “Беруний кластер” ЖШЖ ға қараслы пахта тазалаў заводының жумысы менен де танысты. Мийманларға пахтаны қайта ислеў процеси, таяр өним ислеп шығарыў технологиясы ҳәм жергиликли шийки затты терең қайта ислеў имканиятлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Германиялы делегация ағзалары өндирис процесинде қолланылып атырған заманагөй технологияларды жоқары баҳалады.

Буннан кейин, делегация ўәкиллери “Райҳон Аппарел” ЖШЖда болды. Бул кәрхана таяр трикотаж кийим-кеншеклер ислеп шығарыўға қәнигелескен болып, бүгинги күнде бул жерде 300 ҳаял-қыз турақлы жумыс орынлары менен тәмийинленген.

Сапар даўамында Германия делегациясы ағзалары кәрханада жаратылған мийнет шараятлары, өнимниң сапасы ҳәм экспорт потенциалын жоқары баҳалап, бундай жойбарлар аймақ экономикасын раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Германия Бундестагиниң Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Ҳерманн Фербер басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда дәслеп Министрлер Кеңесиниң Баслығы бүгинги күнде  Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, сол қатары аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды кең түрде атап өтти.

Онда сондай-ақ, еки мәмлекет жетекшилери қоллап-қуўатлаўындағы Өзбекстан-Германия арасындағы жолға қойылған қатнасықлар, бул бағдарда регионымызда да әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқталып өтилди.

Буннан тысқары, Қарақалпақстанда аграр тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, соның ишинде, фермер хожалықлары ҳәм шарўашылық пенен шуғылланыўшы исбилерменлерди, органик өнимлер жетистириў жойбарларын қоллап-қуўатлаў, перспективалы жойбарлар үстинде бирге ислесиў, Германияның алдынғы тәжирийбелерин кеңнен ен жайдырыў мәселелери талқыланды.

Өз нәўбетинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылығын билдирди ҳәм бирге ислесиўди еле де кеңейтиў, бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў бағдарында пикирлерин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди еле де кеңейтиў бағдарында республика басшылары барқулла таяр екенлиги ҳәм ҳәр қандай усыныс қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги