Жасалма интеллект жәрдеминде күшли жер силкиниўлерди орта ҳәм узақ мүддетке болжаў әмелияты жолға қойылады

103

2025-жыл 20-октябрьде “Сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм сейсмология тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Мәдений мийрас объектлери ҳәм транспорт қурылмаларының жер силкиниўге шыдамлылығын мониторинг етиў системасын жаратыў, сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўын санластырыў ҳәм оған жасалма интеллект технологияларын енгизиў, қурылыс майданлары ушын тийкарғы топырақларды үйрениў ҳәм олардың беккемлигин арттырыў илажларын көриў пәрманның тийкарғы бағдарлары етип белгиленди.

Пәрманға бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап республикадағы “А-373” ҳәм “М-39” автомобиль жолларында және оларға тутас таўлы аймақлардан өткен темир жолларда көшки жүз бериўи итималы жоқары аймақлардың турақлы радиолокациялық космослық мониторинги шөлкемлестириледи.

Жасалма интеллект жәрдеминде сейсмикалық қәўпи жоқары болған аймақларда күшли жер силкиниўлерди орта ҳәм узақ мүддетлерде прогнозлаў әмелияты жолға қойылады.

Дәслепки басқышта жасалма интеллект жәрдеминде күшли жер силкиниўлерди орта ҳәм узақ мүддетте прогнозлаў Ташкент қаласы мысалында шөлкемлестириледи.

2026-жыл 1-марттан баслап имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығы бойынша техникалық жағдайы жасалма интеллект жәрдеминде талланады.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА