Өзбекстан – Европа Аўқамы: Стратегиялық бирге ислесиўдиң жаңа басқышы

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысы Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйенниң мирәт етиўине бола 23-24-октябрь күнлери рәсмий сапар менен Брюссель қаласында болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, Европа Аўқамының пайтахтында усы аўқамның тийкарғы институтларының басшылары менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.
Сондай-ақ, сапар шеңберинде Өзбекстан жетекшиси Бельгия басшылары менен ушырасыў өткереди, технологиялық ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша биргеликтеги режелерди жеделлестириў мақсетинде Европаның жетекши компания ҳәм банклериниң басшыларын қабыллайды.
ӨзАның хабаршысы усы тарийхый сапар алдынан Өзбекстан ҳәм ЕА қатнасықлары, бирге ислесиўдиң ҳәзирги басқышы ҳәм перспективалары ҳаққында ТМШУ Аналитикалық изертлеўлер орайының директоры, сиясий илимлер докторы, профессор Сайфиддин Жўраевтың пикирлерин жазып алды.

– Бәринен бурын, Президентимиздиң Брюссельге рәсмий сапары даўамында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге (EPCA)қол қойылыўы күтилмекте. Бул елимизде 2017-жылдан баслап алып барылған системалы өзгерислердиң нәтийжесиниң айқын көриниси болып, өз гезегинде, бул келисим реформаларды кеңейтиў ҳәм тереңлестириў даўамлылығын тәмийинлеў, экономиканы модернизациялаў ҳәм глобаллық бирге ислесиў жаңа мазмун менен байып атырғанынан дәрек береди. Бул процесстиң еки тәрепине итибар қаратпақшыман.
Бириншиден, сыртқы ҳәм қәўипсизлик сиясаты тараўларында әмелий бирге ислесиўди жаңа дәўир талапларына сай тәризде кеңейтиў – регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиў қарым-қатнаслар платформасын жаратыўға алып келеди. Бул бағдарда, жаңа Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстан менен әмелий сиясий қатнасықлардың жаңа дәўир талаплары ҳәм нызамлылықлары менен үйлесип баратырғанлығы, бул бағдардағы өзгерислерде улыўмаинсаныйлық ҳәм демократиялық қәдириятлар, мәмлекетшиликтиң раўажланыўы ҳәм реформаларды әмелге асырыўда нызамның үстинлиги өз нәтийжелерин берип атырғанлығы менен ажыралып турады.
Сондай-ақ, Орайлық Азияда турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм халықаралық көлемде бирге ислесиўдиң жаңа қырларын излеп табыў, инсаниятқа зыян келтирип атырған ғалабалық қырғын, әсиресе, ядро қуралларының тарқалыўына жол қоймаў, ҳәзирги ҳәм жаңадан пайда болыўы мүмкин болған ҳәр қыйлы келиспеўшиликлердиң алдын алыў, сыртқы сиясат ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша ашық, конструктивлик сөйлесиўлер алып барыў бирге ислесиўди кеңейтиўге алып келеди.
Ҳәр еки тәрепте әдиллик ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерди қорғаў, миграция, жынайый дәраматларды легалластырыў ҳәм терроризм, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў, нызамсыз нәшебентлик затларға қарсы гүресиў, сондай-ақ, суд ислери ҳәм консуллық қорғаў бойынша байланыслардың турақлы ҳәм пайдалы болыўын тәмийинлеўге жаңа шараятлар жаратады.
Екиншиден, EPCA келисиминиң үлкемиз ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларда жаңа имканият ҳәм шараятларды жүзеге келтирип, өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа дәўирин баслап береди, деп айтыў мүмкин. Күтилип атырған бундай бирге ислесиў, нәтийжеде, Орайлық Азияның, соның ишинде, Өзбекстанның стратегиялық абырайын арттырыўға, экономикалық қүдиретин көтериўге, пуқараларымыздың абаданлығын тәмийинлеўге әмелий жәрдем береди.
Ўткир Алимов,
ӨзАның хабаршысы