Сенатта дипломатиялық ўәкилханалар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға итибар қаратылды

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде Өзбекстанның БАӘ, Кувейт ҳәм Ҳиндстандағы дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары өз жумысы ҳаққында есабат берди.
Еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў, жоқары ҳәм жоқары дәрежедеги сапар етиўлер шеңберинде қол қойылған “жол карталары”ның орынланыўын тәмийинлеў мәселелери избе-из орынланып атырғаны атап өтилди.
Инвестициялық ҳәм саўда байланысларын кеңейтиў, энергетика, санаат, қурылыс ҳәм аўыл хожалығы тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, туризмди раўажландырыў және сырт елдеги ўатанласларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өзбекстанның БАӘ, Кувейт ҳәм Ҳиндстан менен саўда-экономикалық, инвестиция, энергетика, санаат, инновация тараўларындағы көп тәреплеме бирге ислесиўи барған сайын кеңейип бармақта. “Жасыл экономика”, “ақыллы қалалар” ҳәм зыярат, медицина ҳәм исбилерменлик туризми сыяқлы әҳмийетли бағдарларда жетекши сырт ел компаниялары менен биргеликте перспективалы ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң усы мәмлекетлер менен экономика, қаржы, энергетика, билимлендириў, транспорт, логистика, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы әҳмийетли тараўлардағы өз-ара бирге ислесиў байланыслары раўажланып атырғаны атап өтилди.
Президентимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, елшиханалар ҳәр бир тараўды раўажландырыў ушын заманагөй, инновациялық ҳәм санлы технологиялар және жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыў бойынша тийисли жумысларды әмелге асырмақта.
Мәжилис жуўмағында дипломатиялық ўәкилханалар жумысының нәтийжелилигин арттырыў, сыртқы экономикалық бирге ислесиў ҳәм туризмди жанландырыў, аймақлар арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын сырт ел инвестицияларын тартыў, соның ишинде, сырт елде көргизбелер ҳәм саўда үйлерин қоллап-қуўатлаў арқалы экспорт көлемин арттырыў сыяқлы бир қатар усыныслар билдирилди.
Н.Абдураимова, ӨзА