Берунийдиң жоғалған глобусы қайта тикленбекте

132

Бизге белгили, Өзбекстанның тарийхында бийбаҳа артефактларымыз өз ўақтында сырт елге түрли жоллар менен шығып кеткен. Мине, биринши мәрте Президентимиздиң басламалары менен усындай сийрек ушырасатуғын артефактларымыз Өзбекстанға қайтарылып, Ислам цивилизациясы орайыныӊ ҳәр бир бөлиминде оғада әҳмийетли идеялар өз көринисин тапты. Биринши Ренессанс бөлиминде көплеген диний уламалар, анық ҳәм тәбийғый пәнлердеги илимпазлардың ойлап табыўлары бар. Соның ишинде, биреўи Әбиў Райхан Берунийдиң глобусы. Хабарыӊыз бар, Әбиў Райхан Беруний өз ўақтында глобус жаратқан, бирақ ол бизге шекем жетип келмеген. Соның менен бир қатарда Әбиў Райхан Берунийдиң шығармаларында мине усы глобустың координаталары сақланған. Әбиў Райхан Беруний өзиниң шығармаларында өз дәўириндеги 600 қаланың координатасын берген болса, олардан 150 и жайластырылмақта. Әбиў Райхан Берунийдиң бизге жетип келмеген глобусын тиклеў имканияты жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентилиги