Бирге ислесиўдиң әмелдеги ҳәм перспективалы бағдарлары додаланды

“Бельгия Патшалығы Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер, Европа ислери ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиў министри Максим Прево менен нәтийжели ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң telegram-каналында жазбақта.
«Сәўбетимиз даўамында Өзбекстан-Бельгия бирге ислесиўиниң бүгинги потенциалын ҳәм перспективалы бағдарларын додаладық. Әсиресе, экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қараттық. Сондай-ақ, регионаллық процесслер ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алдық.
Еки тәреплеме күн тәртибимиз мазмунлы ҳәм перспективалы болып, өз-ара шерикликти беккемлеўге қаратылған көплеген биргеликтеги басламаларды ҳәм жақынласып атырған илажларды өз ишине алады”, делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги