Суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў мәселелери додаланды

115

Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўге бағышланған семинар болып өтти.

Видеоконференция байланыс режиминде өткерилген семинарға  республикадағы барлық судьялар ҳәм мәжбүрий орынлаў бюроларының район (қала) лық бөлимлериниң орынлаўшылары қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов ашып берди. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде өткерилип атырған семинардың әҳмийетине тоқтап өтип, суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлар арасындағы бирге ислесиўди ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, бул бағдарда алып барылып атырған жумысларды системалы тийкарда даўам еттириў кереклигине итибар қаратты.

Семинар даўамында Қарақалпақстан Республикасы жынаят, пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша судлары тәрепинен 2025-жылдың дәслепки тоғыз айы даўамында Мәжбүрий орынлаў бюроларына жиберилген орынлаў ҳүжжетлери, олардың орынланыўы ҳәм қайтарылыў жағдайлары бойынша толық таллаўлар өткерилди. Соның менен бирге, Мәжбүрий орынлаў бюроларына келип түскен орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы ҳәм ҳәзирги жағдайы додаланып, бул процессти буннан былай да жетилистириў бойынша анық усыныслар ортаға тасланды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Адилов шығып сөйлеп, районлараралық, район ҳәм қала судлардың басшыларына Мәжбүрий орынлаў бюросы менен бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў зәрүрлигин атап өтти. Ол бул бирге ислесиў суд ҳүжжетлериниң өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенлигине итибар қаратты.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Керимбаев суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўдеги әҳмийетли мәселелер бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди. Әсиресе, суд ҳүжжетлерин орынлаў процесинде ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў, орынлаў тәртибин күшейтиў, судлар ҳәм мәжбүрий орынлаў уйымлары арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлигин атап өтти.

Семинар жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен суд ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюролары арасындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў, орынлаў тәртибин арттырыў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған әмелий илажларды буннан былай да күшейтиў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги