Өзбекстан Республикасы Президенти сапар менен Брюссельде болады

311

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйенниң мирәт етиўине бола 23-24-октябрь күнлери рәсмий сапар менен Брюссель қаласында болады.

Сапар бағдарламасына муўапық, Европа Аўқамының пайтахтында усы аўқамның тийкарғы институтларының басшылары менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.

Көп тәреплемели қатнасықларды усы жылдың апрель айында Самарқанд қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Саўда-экономика, инвестиция-қаржы, инновация, энергетика, транспорт-коммуникация, илим-билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда әмелий бирге ислесиў бойынша анық жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў дыққат орайында болады.

Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан жетекшиси Бельгия басшылығы менен ушырасыў өткереди, технологиялық ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша биргеликтеги режелерди жеделлестириў мақсетинде Европаның жетекши компания ҳәм банклериниң басшыларын қабыллайды.

ӨзА