Президент пәрманы менен 2026-жыл 1-январьдан баслап тәжирийбе-сынақ тәризинде “Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала)” статусындағы 33 ҳәм Сурхандәрья ўәлаятының қалған барлық район (қала) лық республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының белгиленген район (қала) лық бөлимлери район (қала) лық ҳәкимликлер структурасына өткериледи.

121

Тәжирийбе-сынақ дәўиринде район (қала) ҳәкимлери республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының район (қала) лық бөлимлериниң жумысы үстинен тиккелей басшылықты әмелге асырады, оларға жүкленген ўазыйпа ҳәм функциялардың нәтийжели орынланыўын шөлкемлестиреди.

Тәжирийбе-сынақ дәўиринде ҳәким орынбасарларының шекленген саны Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигинде 6, район (қала) ҳәкимликлеринде 4 етип белгиленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги