Сенат комитетинде қорғаныўға байланыслы нызамшылық ҳәм халықты тәшўишке салып атырған машқалалар көрип шығылды

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети мәжилисинде қорғаныў тараўына байланыслы нызам дәслепки тәризде додаланды.
“Улыўма әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызамды көрип шығыў даўамында Қураллы Күшлерди профессионал структураға айландырыў ҳәм әскерий хызметтиң абырайын буннан былай да арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Нызам әскерий дизимге алыў ҳәм оннан шығарыў тәртиби, әскерий хызметке мәжбүрлер ҳәм шақырылыўшылар ҳаққындағы мәлимлемениң электрон алмасыўын жетилистириўге қаратылған.
Илажда Сенаттың жалпы мәжилислеринде додаланған машқалалы мәселелердиң шешилиўи бойынша Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм тийисли министрликлердиң мәлимлемелери тыңланды.

Соның ишинде, абонентлердиң разылығысыз ҳәм хабардарлығысыз мобиль байланыс операторлары оларды төлемли SMS -хабарнамаларға ҳәм хызметлерге автоматикалық түрде жалғап қойып атырғаны және Ташкент қаласындағы пиядалар жер үсти өтиў орынларында орнатылған лифт ҳәм эскалаторлардың насаз жағдайда екени, айырым пиядалар өтиў орынларында болса лифт ҳәм эскалаторлар орнатылмағаны менен байланыслы машқалалар бойынша Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Санлы технологиялар министрлиги және Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети басшыларының мәлимлемелери тыңланды.
Додалаў жуўмағында көрип шығылған мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.
ӨзА