Сейсмикалық қәўипсизлик ҳәм турақлы қурылыс миллий изертлеў институты жумысы шөлкемлестирилди

2025-жыл 20-октябрьде “Ташкент архитектура-қурылыс университети жанында Сейсмикалық қәўипсизлик ҳәм турақлы қурылыс миллий изертлеў институтының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында” Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Институт жумысының тийкарғы бағдарлары белгиленди. Соның ишинде, сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм турақлы қурылыс тараўы бойынша илимий изертлеўлер өткериў ҳәм нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўди тәмийинлеў, тийисли лицензия талаплары ҳәм шәртлерин орынлаған ҳалда қала қурылысы тараўында лицензияланатуғын жумыс түрлериниң барлығын әмелге асырыў, басқа да илимий шөлкемлер, қорлар, билимлендириў мәкемелери, соның ишинде, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери менен шәртнамалар дүзиў арқалы биргеликте илимий изертлеўлер өткериў Институттың тийкарғы ўазыйпаларынан.
Институттың жумысы өзин-өзи қаржыландырыў принципи тийкарында шөлкемлестириледи ҳәм Кеңеслер қадағалаўы астында жүргизиледи. Институтқа илимий атақлар ҳәм илимий дәрежелер бериўши илимий кеңеслер дүзиў ҳәм өз жумысына сәйкес қәнигеликлер бойынша докторант ҳәм еркин излениўшилерди таярлаў ҳуқықы бериледи.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзА