Қамаққа китап пенен кирген Саркози

72

Францияның бурынғы президенти Николя Саркози Ливия басшысы Муаммар Қаддафий қаржылары менен 2007-жылғы сайлаў кампаниясын қаржыландырғанлықта айыпланып, бес жыллық қамақ жазасын өтеўди баслады. Усының менен ол Франция тарийхында қамаққа кирген биринши жетекши болды.

Саркози Париждеги “La Sante” қамақханасына жайластырылды. Ол қәўипсизлик себепли изоляция бөлиминде сақланады. Оның камерасы 10 кв.м әтирапында болып, ишинде кровать, стол, киши душ ҳәм телевизор бар.

Ол қамаққа кетиўден алдын Х (бурынғы Twitter) бетинде былай деп жазған:

– Бүгин олар бурынғы президентти емес, бийгүна адамды қамамақта, бирақ исенемен, бир күни келип ҳақыйқатлық жүзеге шығады.

Әмелдеги президент Эммануэль Макрон бурынғы басшыны адамгершилик жақтан “тәбийғый түрде” қабыл еткенин айтты, әдиллик министри болса оның қәўипсизлигин жеке қадағалаўға алатуғынын билдирди.

Саркози өз айыбын бийкарламақта. Суд оны жынайый аўқам менен бирге ислесиўде айыплы деп тапқан, бирақ жеке пул алғанын дәлиллейтуғын дәлиллер табылмады. Ол апелляция шағымын киргизген болса да, бирақ ҳүким “бирден орынланыўы керек” деп шешилди.

Атап өтилиўинше, бурынғы лидер қамақханаға еки китап: “Иса өмири” ҳәм “Граф Монте-Кристо” китапларын алып кирген. Бул болса оның өзин “әдилсизлик қурбаны” сыпатында сезип атырғанын аңлатады.

Муслим Зиё, ӨзА