Италия АҚШтың “PURL” бағдарламасына қосылады

Италия ҳүкимети Украина қорғаныўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде АҚШ басшылығындағы PURL (Prioritized Ukraine Request List) бағдарламасында қатнасыўға таяр екенин билдирди, деп хабар берди “Bloomberg” басылымы.
Бул бағдарлама Киевке “Патриот” ҳаўа қорғаныў системалары ҳәм басқа түрдеги заманагөй қурал-жарақларды АҚШ арқалы сатып алыў имканиятын береди. Жойбарға бола, қаржылар Европа мәмлекетлери тәрепинен ажыратылады.
НАТО бас хаткери Марк Рюттениң мәлим етиўинше, альянсқа ағза 32 мәмлекеттиң ярымынан көби бағдарламада қатнасыўға разы болған. Балтық бойы ҳәм Европаның арқасындағы айырым мәмлекетлер Украина ушын жаңа әскерий жәрдем пакетин ислеп шықпақта.
Дереклерге бола, Украинаны сентябрь айына шекем алты мәмлекет шама менен 2 миллиард доллар қаржы менен қоллап-қуўатлаған. Бул болса режелестирилген пулдан бираз аз. Соның менен бирге, Россияның Украина инфраструктурасына ҳүжимлери күшейген шараятта жаңа қаржы дәреклерин табыў барған сайын қыйынласпақта.
Италия бағдарламада қатнасыўға алдын қарсы болған еди. Бирақ НАТО аўқамласларының басымы ҳәм “басламадан шетте қалыў қәўпи” рәсмий Римниң позициясын қайта көрип шығыўға ийтермеледи.
Италия усы ўақытқа шекем Украинаға он әскерий жәрдем пакетин таярлаўда қатнасқан болып, олардың қурамында “SAMP/T” түриндеги ҳаўа қорғаныў системалары да бар. Соған қарамастан, жәрдемниң анық қурамы сыр сақланбақта.
Бас министр Жоржа Мелони мәмлекет бюджети шекленгенине қарамастан, Украинаны сиясий ҳәм әскерий қоллап-қуўатлаўды даўам еттирмекте.
Экспертлердиң пикиринше, Италияның PURL бағдарламасына қосылыўы ЕАның Украинаға әскерий жәрдем бериўде бирден-бир көзқарасын беккемлейди ҳәм Киев қорғаныўы ушын әҳмийетли стратегиялық қәдем сыпатында баҳаланады.
Дилшод ҲАКИМОВ, ӨзА