Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы

Қәдирли ўатанласлар!
Жаңа Өзбекстанның жәмийетлик-сиясий турмысынан беккем орын алған қутлы сәне – Өзбек тили байрамы күни менен сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды, сырт еллердеги барлық ўатанласларымызды шын жүректен қызғын қутлықлайман.
Усы қуўанышлы әййямда бир пикирди айрықша атап өтпекшимен: буннан сегиз жыл алдын мәмлекетимизде баслаған шын мәнисиндеги тарийхый реформаларымыз себепли өзбек тилиниң раўажланыўында да жаңа дәўир басланды. Бул бағдарда қабыл етилген пәрман, қарар ҳәм бағдарламалар тийкарында оның мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм статусын беккемлеў, заманагөй илим, мәлимлеме технологиялары ҳәм халықаралық қатнасықлар тилине айландырыў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырдық.
Атап айтқанда, елимизде географиялық объектлердиң атамаларын мәмлекетлик тил нормаларына муўапықластырыў избе-из даўам еттирилмекте. Бүгинги күнге шекем 250 мыңға шамалас географиялық объект, соның ишинде, 200 мыңнан аслам көше атамалары мәмлекетлик тилге бейимлестирилип, реестрге киргизилгенин, тек ғана кейинги еки жылда таў ҳәм шоққылар, дәрья, көл, суў сақлағышлары, пайдалы қазылма кәнлери, метро бәндиргилери, темир жол вокзал ҳәм станциялары, аэропорт ҳәм автостанциялар сыяқлы 2 мың 600 объект мәмлекетлик тил талаплары тийкарында қайта аталғанын атап өтиў зәрүр.
Ҳәзирги жедел глобалласыў процесслери, илим жетискенликлери арқалы турмысымызға кең көлемде кирип киятырған жаңа түсиник ҳәм атамаларды тилимизге анық қағыйда ҳәм принциплер тийкарында қабыл етиў, тил сиясатын илимий тийкарда, орайласқан ҳалда жүргизиў мақсетинде Атамалар комиссиясының жумысы күшейтилди.
Сырттан келген сөзлер ҳәм сөз дизбеклерин кең жәмийетшилик, илимпаз ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында өзбекшелестириў бойынша нәтийжели механизм енгизилип, жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў ушын арнаўлы программалық тәмийнат ислеп шығылғаны, электрон дереклер жаратылғаны итибарға ылайық.
Усы жерде бир пикирди және бир мәрте атап өтиўди орынлы, деп билемен: келешегимиз ийеси болған жас әўладымыз заманагөй билимлер, инновация ҳәм раўажланыў шыңларын ийелеўи ушын әлбетте, шет тиллерин үйрениўи зәрүр. Бирақ олар миллий руўх, миллий ой-пикир ийеси, ўатанды сүйиўши инсанлар болып камалға келиўи ушын, бәринен бурын, өзбек тили ҳәм әдебиятын балалықтан баслап пуқта билиўи шәрт.
Усы мақсетте билимлендириў системасында өзбек тилин оқытыўды жетилистириўге айрықша әҳмийет қаратпақтамыз. Усы жылдан баслап тийисли миллий сертификатқа ийе болған өзбек тили пәни муғаллимлериниң айлық мийнет ҳақысына 50 процент қосымша үстеме берилип атырғаны, билимлендириў басқа тилде алып барылатуғын мектеплердиң 11-класс питкериўшилери ушын мәмлекетлик тил пәнинен жуўмақлаўшы имтихан тапсырыў белгиленгени бул жолдағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыл етиўде мәмлекетлик тилди билиў талабы рәсмий белгиленгени де тилимиздиң абырайын арттырыўға хызмет етпекте.
Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры тәрепинен өткен дәўирде 72 атамада энциклопедия, сөзлик ҳәм қолланбалар көп мың нусқаларда басып шығарылып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм билимлендириў мәкемелерине усынылды.
Әсиресе, алты томлық “Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги”, төрт томлық “Әлийшер Наўайы энциклопедиясы”, бес томлық “Наўайы тили сөзлиги” ҳәм басқа да басылымлар жетекши сырт ел университетлериниң китапханалары, дүньядағы өзбек тили орайлары ҳәм клубларына жеткерип берилип атырғаны қатарлары барған сайын кеңейип атырған өзбек тили досларын қуўандырмақта.
Биз инклюзив жәмийет қурыў принциплерин тил тараўындағы мәмлекетлик сиясатымызда да табыслы енгизип, мәмлекетимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң ана тиллерин раўажландырыўға айрықша әҳмийет бермектемиз. Ҳәзирги ўақытта олардың мәмлекетлик тилди үйрениўи ушын да зәрүр шараятлар жаратып атырмыз. Бүгинги күнде өзбек тили мәмлекетлик тил сыпатында елимиздеги барлық миллет ҳәм халық ўәкиллерин бирлестириўге хызмет етип атырғаны биргеликте алып барып атырған ҳәрекетлеримиздиң нәтийжеси, десек, дурыс болады.
Әзиз дослар!
Бүгинги имканияттан пайдаланып, өзбек тилиниң жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын беккемлеў, оны халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпаларға итибарыңызды қаратпақшыман.
Бул бағдарда, бәринен бурын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы байрам алдынан қабыл етилген “Мәмлекетлик тилди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарында көрсетип өтилген тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларды өз ўақтында, нәтийжели әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе. Әсиресе, усы қарар менен тастыйықланған “2020-2030-жылларда өзбек тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясын 2025-2026-жылларда әмелге асырыў бағдарламасы”н турмысқа енгизиўде тек ғана жуўапкер шөлкемлер емес, ал бәршемиз белсене қатнасыўымыз зәрүр.
Бул ҳаққында сөз еткенде, санлы дүньяда өзбек тилинде сапалы, илимий тийкарланған, қызықлы мәлимлеме ҳәм мағлыўматларды көбейтиў, атап айтқанда, глобаллық электрон энциклопедия ҳәм платформаларды мәмлекетлик тилдеги илимий-ғалабалық мақалалар менен байытыў, онлайн сөзликлерди жетилистириў де дыққатымыз орайында болыўы керек екенлигин айтып өтпекшимен. Турмысымызда жасалма интеллект тәсири артып баратырған бир ўақытта бул қүдиретли қурал жәрдеминде ана тилимизди раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў – дәўир талабы.
Өзбек тилиниң бай имканиятлары тийкарында халқымыздың санасына сай ҳәм тартымлы миллий брендлер жаратыў, өнимлеримизди сыртқы базарға алып шығыў маркетинг тараўында тийкарғы бағдарға айланыўы зәрүр. Бул бағдарда ўатанды сүйиўши исбилерменлеримиз айрықша белсендилик көрсетеди, деп исенемен.
Буннан отыз жыл алдын қабыл етилген Өзбек тилиниң тийкарғы имла қағыйдаларын қайта көрип шығыў да кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларымыз қатарына киреди. Сондай-ақ, халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында тил мәденияты ҳәм саўатлылықты үгит-нәсиятлаўға қаратылған заманагөй ҳәм тәсиршең медиа өнимлерди көбейтиў зәрүр. Әсиресе, перзентлеримизди ана тилимизге меҳир қойып, оның бийбаҳа байлығы ҳәм имканиятларынан пайдаланыўға үйретиў руўхый-ағартыўшылық тәрбияның ажыралмас бөлеги болып есапланады. Бул әҳмийетли мәселе дөретиўши зыялыларымыз, тәлим-тәрбия, мәденият, жаслар, мәҳәлле, ҳаял-қызлар шөлкемлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң жумысында бәрқулла орайлық орында турыўы, пүткил жәмийетимизде улыўма миллий ҳәрекетке айланыўы керек.
Бир сөз бенен айтқанда, барлық тараўларда болғаны сыяқлы ана тилимизди раўажландырыўда да биз кең жәмийетшилигимиздиң әмелий пикир ҳәм усынысларына, белсене қатнасыўына сүйенемиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди бүгинги қуўанышлы байрам менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық, бахыт-ығбал ҳәм қут-берекет тилеймен.
Миллий өзлигимиз тымсалы болған жанажан өзбек тилимиз және де раўажлансын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти