Өзбекстандағы социаллық қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша реформалар жоқары баҳаланды

Өзбекстан парламенти делегациясы Женева қаласында болып өтип атырған Парламентлераралық Аўқамның 151-ассамблеясында қатнаспақта.
Сапар шеңберинде Сенат Баслығы Танзила Норбоева Халықаралық мийнет шөлкеминиң (ХМШ) Өзбекстанға жаңадан тайынланған үлкен координаторы Юрий Штерк пенен ушырасты.
Онда мийнет қатнасықларын жетилистириў, халықты мүнәсип мийнет пенен тәмийинлеў, социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жоқары баҳаланды.
Ю.Штерк Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында бул бағдарда ерисилген жетискенликлерди айрықша атап өтти. Әсиресе, кәсиплик аўқамлары белсендилери менен күни кеше болып өткен ушырасыўда белгиленген ўазыйпалар ХМШ ушын да әҳмийетли екенин атап өтип, оларды әмелге асырыўда бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.
Ушырасыўда мүнәсип мийнет стандартларын енгизиў, қабыл етилген нызамлардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жаңа басламалар додаланды.
2026 – 2030-жылларға мөлшерленген “Мүнәсип мийнет бағдарламасы” жойбарының ислеп шығылыўы ҳәм Ташкентте ХМШ экспертлериниң қатнасыўында додаланыўы мийнет ҳуқықлары ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем сыпатында тән алынды.
ӨзА