Президент: Жасалма интеллект бағдарламалары нәтийжели ислеўи ушын олар, бәринен бурын, өзбек тилин толық дәрежеде түсиниўи зәрүр

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Бүгин өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 36 жыл болды.
Президентимиз пурсаттан пайдаланып, пүткил Өзбекстан халқын усы байрам менен қызғын қутлықлады.
– Бир нәрсени билиңлер – жасалма интеллект бағдарламалары нәтийжели ислеўи ушын олар, бәринен бурын, өзбек тилин толық дәрежеде түсиниўи зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бирақ өзбек тилиндеги әдебиятлар, мағлыўматлар, мақалалар, есабатлар, илимий жумыслардың көпшилиги санластырылмағаны, электрон түрге өткерилгенлери де ҳәр қыйлы дереклерде сақланып атырғаны көрсетип өтилди.
Министрлер Кабинетине барлық министрликлер ҳәм уйымлардың өзиндеги мағлыўматларды электрон форматқа өткериў графигин тастыйықлатыў, Санлы технологиялар министрлигине болса жасалма интеллект миллий мәдениятымыз ҳәм қәдириятларымызды өзинде сәўлелендире алыўы ушын “Өзбек тили корпусы”н жаратыў тапсырылды.
2026-жылдың ақырына шекем үлкен көлемдеги санлы мағлыўматларды бир жерге жәмлеп, оларды қайта ислеў, таллаў, пайдаланыў имканиятын беретуғын «Data Lake» платформасын иске қосыў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА