Келеси жылы бир қатар тараўларда жасалма интеллект бойынша жүз жойбар режелестирилген

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Президентимиз дүньяда жасалма интеллектке талап артып баратырған ҳәзирги дәўирде бәсекиге шыдамлы болыў ушын 3 ең тийкарғы мәселе – инфраструктура, ашық мағлыўматлар ҳәм кадрлар таярлаўға итибарды күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Сегиз жылда 300 мың километр оптикалық талшықлы байланыс линиялары қурылды, елатлы пунктлердиң 99 проценти мобиль байланыс пенен қамтып алынды. Үлкен көлемдеги мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм сақлаў ушын 7 дата-орай иске қосылды.
Келеси жылы денсаўлықты сақлаў, энергетика, банк-қаржы, бажыхана-салық, транспорт, таў-кән ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жасалма интеллект бойынша 100 жойбар режелестирилген.
Буларды әмелге асырыў ушын соған сәйкес қуўатлықлар, заманагөй супер-компьютерлер керек. Бирақ ҳәзирги қуўатлықлар тек ғана киши жойбарларды иске қосыў ушын жетеди.
Ақыбетинде исбилерменлер өз жойбары ушын сырт елдеги инфраструктурадан пайдаланып, оған миллионлаған доллар жумсамақта.
Соның ушын, усы жылы 16 суперкомпьютер сатып алыў ушын 50 миллион доллар ажыратылды. Келеси жылы бул қаржы 2 есеге арттырылатуғыны жәрияланды.
ӨзА