Министрлик ҳәм аймақларда жасалма интеллектти енгизиў жағдайын баҳалайтуғын рейтинг системасы иске қосылады

69

Енди министрлер ҳәм тармақ басшыларының санластырыўға жуўапкер орынбасарлары бир ўақыттың өзинде тараўда жасалма интеллектти раўажландырыўға да жуўапкер болатуғыны белгиленди.

Қала ҳәм районларда да ҳәкимлердиң санластырыў ҳәм жасалма интеллект бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымы киргизиледи.

Барлық министрликлер ҳәм ҳәкимликлерге өз структурасында жасалма интеллектти раўажландырыў менен шуғылланатуғын өз алдына бөлим шөлкемлестириў ҳәм олардың алдына, бәринен бурын, жумыс нәтийжелилигин ҳәм хызмет сапасын арттырыў, артықша қәрежет, “жасырын” экономика ҳәм бюрократияны қысқартыў сыяқлы мәселелерге жасалма интеллект арқалы шешим табыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп бериў тапсырылды.

Жоқары көрсеткишке ерискен, шет тилин билетуғын, технологиялық билими күшли 100 қәниге АҚШ, Европа, Сингапур, Япония сыяқлы мәмлекетлерге алты айлық курсларға жибериледи.

Келеси жылдан министрлик ҳәм аймақларда жасалма интеллектти енгизиў жағдайын баҳалайтуғын рейтинг системасы иске қосылады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА