Жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша айрықша қарар қабыл етилип, тараўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылды

95

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.

Қысқа дәўирде мәмлекетлик хызметлер, банк-қаржы, жәмийетлик қәўипсизлик, транспорт сыяқлы бағдарларда 30 дан аслам пилот жойбарлар иске қосылды.

Өткен жылы Жасалма интеллектти 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы тастыйықланды. Санлы технологиялар министрлигинде усы тараў менен ислейтуғын өз алдына орай шөлкемлестирилди.

Бир жылда мәмлекетимиз жасалма интеллектке таярлық бойынша халықаралық индексте 17 текше жоқарылады. Еслетип өтиў орынлы, дүньяда 70-орын, Орайлық Азияда 1-орындамыз.

ӨзА