Ўатанына қайтқан балалар

71

Бүгинги күнде бәршемиз Өзбекстанның инсаныйлық сиясаты, әсиресе, балалардың тәғдирине бийпәрўа болмаған жәмийет қурыў жолындағы әмелий қәдемлериниң гүўасы болып атырмыз.  Қазақстан Республикасынан төрт жас өспирим бала ўатанына қайтарылды.

Бул инсаныйлық илаж Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў министрликлери ҳәм Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң биргеликтеги ҳәрекетлери нәтийжесинде әмелге асырылды.

Балалар Нөкис халықаралық аэропортында Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жуўапкер ўәкиллери тәрепинен күтип алынды.

Дәслеп, олар медициналық тексериўден өткерилди, соңынан социаллық-психологиялық бейимлесиў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған шаңарақлық балалар үйине орналастырылды.

Бул илажлар балалардың турақлы социаллық бейимлесиўи, қәўипсиз орталықта өсиўи, сондай-ақ, оларды жәмийетлик турмысқа толық реинтеграциялаўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги