Балалар гаджетлерден бир күнде қанша ўақыт пайдаланыўы мүмкин?

Бүгинги санлы дәўирде балалардың сабақ ҳәм дем алыў ўақтының үлкен бөлеги гаджетлер менен байланыслы. Бирақ олардың узақ мүддет экран алдында отырыўы көз саламатлығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.
Сонлықтан, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети тәрепинен балалар ушын гаджетлерден пайдаланыў бойынша гигиеналық талаплардың жаңа тәртиби белгиленди.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, монитор ямаса планшеттен пайдаланыўда экран менен көз арасындағы аралық кеминде 70 сантиметр, жумыс бетине шекем болса 25 сантиметрден кем болмаўы керек. Жумыс орны шеп тәрептен тәбийғый жақтылық түсетуғин тәризде жайластырылса, көзге түсетуғин зорығыў кемейеди. Сондай-ақ, оқыўшыларға турақлы көз гимнастикасы шынығыўларын орынлаў усыныс етиледи.
5 жасқа шекемги балаларға электрон билимлендириў қуралларынан пайдаланыў қатаң қадаған етиледи. Себеби бул жаста баланың көз булшық етлери толық қәлиплеспеген болади ҳәм экран нурлары көриў қәбилетине кери тәсир көрсетиўи мүмкин.
1-4-класс оқыўшылары сабақ процесинде гаджетлерден 10-20 минут, 5-11-класслар болса 15-35 минут даўамында пайдаланыўы мүмкин. Үй ҳәм мектептеги улыўма пайдаланыў мүддети болса оқыўшының жасы ҳәм класына қарап 80-170 минут аралығында белгиленген.
Егер бала көздиң қызарыўы, гүңгиртлесиўи, бас ямаса мойын аўырыўынан шағым етсе, бул артықша экран жүклемесиниң белгиси болыўы мүмкин. Бундай жағдайда бала шыпакер көригине жиберилиўи керек.
М.Ҳожиакбарова, ӨзА