Муса Аймуратов Стамбулда қола медалын жеңип алды

81

Түркияның Стамбул қаласында қылышласыў спортының сабля бағдары бойынша  Satellite классификациясындағы жарыс өткерилди.

Онда қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Муса Аймуратов қола медалы менен сыйлықланды.

Жерлесимиз таңлап алыў басқышында Австрия, Түркия ҳәм Италия ўәкиллерин, шерек финалда сайланды командамыздың және бир ўәкили Сардор Абдукаримбековты жеңип шығыўға еристи.

Бирақ, ярым финалда май        дан ийеси есапланған түркиялы спортшыға жеңилип, үшинши орын менен шеклениўге мәжбүр болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы