Орайлық Азия мәмлекетлери қорғаныў министрлериниң ушырасыўы

20-октябрь күни Самарқанд қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери қорғаныў министрлериниң биринши ушырасыўы өткерилди.
Илаж алдынан қатнасыўшылар қаладағы еслеў майданында болып, Ҳәсиретли ана естелигине гүллер қойды.
Ушырасыўда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан қорғаныў министрлери қатнасты.
Орайлық Азия мәмлекетлери қорғаныў министрлериниң биринши ушырасыўына Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Шуҳрат Холмуҳамедов басшылық етти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ушырасыў қатнасыўшыларына мүрәжатын Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Маҳмудов оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң мүрәжатында кейинги жыллары Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жақын қоңсышылық ҳәм өз-ара исеним руўхындағы қатнасықлар конструктивлик сөйлесиў ҳәм стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин атап өтип, бул байланыслар әскерий қорғаныў тараўында да избе-из раўажланып атырғанын атап өткен. Әсиресе, бүгин дүньяда жүз берип атырған глобал өзгерислер, халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар, қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа қәўиплер күшейип атырған бир ўақытта қорғаныў министрликлериниң өз-ара бирге ислесиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, Президентимиз климат өзгериўи машқалалары, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, транспорт логистикасы бағдарында жүзеге келип атырған қыйын халықаралық мәселелерге итибар қаратып, бул Орайлық Азия регионы ушын әҳмийетли екенин атап өткен. Қорғаныў министрлериниң ушырасыўы усы сыяқлы мәселелерди шешиўде де ашық сөйлесиўди жолға қойыў ҳәм биргеликте жумыс алып барыўда үлкен әҳмийетке ийе болатуғыны атап өтилген.
Ушырасыўда Орайлық Азия регионында қәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекетлераралық әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў және халықаралық терроризмге қарсы өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын жаңа басқышқа көтериў, пайдалы байланысларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери бойынша өз-ара пикир алысылды. Усы жағынан бул ушырасыў нәтийжелери көп тәреплеме әскерий бирге ислесиўди раўажландырыў менен бирге, заманагөй шараятларда әскерлердиң өз-ара тәжирийбе алмасыўында да үлкен әҳмийетке ийе болатуғыны тәбийғый.
Өзбекстан кейинги сегиз жылда халықаралық әскерий бирге ислесиў бағдарында үлкен жетискенликлерге ерисип, көплеген мәмлекетлер менен әскерий ҳәм әскерий-техникалық бағдарларда бир қатар келисимлер, заманагөй билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, әскерий тараў бойынша шерикликти пүткиллей кеңейтиў, биргеликте әскерий оқыўларды өткериў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында бир қатар келисимлерге ерискенин атап өтиў керек.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Шуҳрат Холмуҳамедов тәрепинен Орайлық Азия мәмлекетлери қорғаныў министрлериниң биринши ушырасыўы протоколына қол қойылды.
Илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Шуҳрат Холмуҳамедов Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Қырғыз Республикасы қорғаныў министрлери менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.



Сөйлесиўлер ўақтында әскерий бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги таярлық системасын жетилистириў, тәжирийбе ҳәм әмелий билим алмасыўды жолға қойыў, сондай-ақ, регионаллық қәўипсизлик тараўындағы биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Тәреплер мәмлекетлераралық әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық терроризмге қарсы гүресиўде өз-ара аўызбиршиликти күшейтиў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў және мәмлекетлер арасында исенимли ҳәм турақлы бирге ислесиў орталығын беккемлеў мәселелеринде келисимлерге еристи.
Ушырасыў қатнасыўшылары ушын Самарқанд қаласындағы тарийхый-мәдений естеликлер, дыққатқа ылайық орынлар бойлап саяхат шөлкемлестирилди.
21-октябрь күни Орайлық әскерий округ “Каттақорған” полигонында Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Әзербайжан қорғаныў министрликлери бөлимлериниң қатнасыўында “Бирлик – 2025” регионаллық оқыў шынығыўлары өткерилиўи режелестирилген.
Ғолиб Ҳасанов,
Алишер Исроилов (сүўрет),
ӨзАның хабаршылары