Нөкисте излеўдеги шахс художниклер устаханасынан табылды

146

Бас прокуратура жанындағы мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы инспекторлары тәрепинен турақлы түрде илажлар өткерилмекте.

Бюроның Қарақалпақстан Республикасы излеў секторы тәрепинен өткерилген оператив-излеў илажларының биринде узақ ўақыттан берли алимент төлемей қашып жүрген шахс усланды. МОБ Нөкис қалалық бөлими ис жүргизиўинде болған, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының қарарына бола, пуқара Ю.Т.дан оның бурынғы өмирлик жолдасының пайдасына алимент өндириў белгиленген. Бирақ қарыздар бир неше мәрте ескертиўге қарамастан перзентлериниң материаллық тәмийнатынан бас тартып келеди.

Нәтийжеде қарыз муғдары 75 миллион сумнан асып кетеди. Қарыздар әке қашып жүрсем төлемеймен, деген ой менен жасырынып жүреди. Жүзеге келген қарыздарлықты өндириў мақсетинде оның жасаў мәнзилине бир неше мәрте барылғанда қарыздар бул мәнзилде жасамай атырғаны анықланады. Қарыздарға мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен излеў жәрияланған.

Алып барылған оператив ҳәрекетлер даўамында қарыздар Нөкис қаласындағы художниклер устаханасында жумысшы болып ислеп атырғаны анықланып, усланды.

Усындай жергиликли излеўге берилген қарыздарларды табыў бойынша тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте илажлар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги