Т.Норбоева: Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў – инсанияттың улыўма раўажланыўы жолындағы стратегиялық ўазыйпа

105

Женевада Парламентлераралық Аўқамның 151-ассамблеясы болып өтпекте. Онда Өзбекстан Сенатының Баслығы Танзила Норбоева қатнаспақта.

– Ассамблея шеңберинде парламент ҳаял-қызлары форумында қатнастық, – деди Т.Норбоева. – “Аўызбиршилик ҳәм илҳам: ҳаял-қызларды өз жолында қоллап-қуўатлаў” атамасында глобал әҳмийетке ийе мәселелер додаланды. Барлық қатнасыўшылар Ташкентте жылдың басында болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтип, усы әнжуман шеңберинде өткерилген ҳаял-қызлар форумының өзине тән орны ҳәм қабыл етилген Ташкент декларациясының тарийхый әҳмийетин атап өтти.

Форумда ҳәр бир ҳаялдың ҳаўазы, оның әрманы ҳәм глобал жәмийетшиликтиң тилеклеслик руўхы ҳаққында пикир жүргизилди. Усы мәнисте, Өзбекстанда ҳаял-қызлардың потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған комплексли қатнасты алға қойып, парламентлераралық бирге ислесиўди күшейтиў, билим ҳәм жетекшилик имканиятларын кеңейтиў және дағдарыста қалған ҳаял-қызларға әмелий жәрдем көрсетиўди өз ишине алған басламалар усынылды.

Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийеттеги орнын беккемлеў – бул тек ғана миллий мәп емес, ал инсанияттың улыўма раўажланыўы ҳәм тынышлыққа ерисиў жолындағы стратегиялық ўазыйпа болып есапланады.

ӨзА