Өзбекстан қаржы министри қатарлы кәсиплеси менен ушырасты
108

Қатар Мәмлекети мәлимлеме агентлиги QNA усы араб мәмлекетиниң қаржы министри Али бин Аҳмад Ал-Куварий Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров пенен ушырасқанын жазды.
Бул сөйлесиў Вашингтонда болып өткен Халықаралық валюта қоры (ХВҚ) ҳәм Жәҳән банки топарының жыллық мәжилиси шеңберинде болып өтти.
Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы талланып, биргеликтеги бирге ислесиў бағдарлары үйренилген, экономикалық, инвестициялық ҳәм саўда өзгерислери темасы көтерилген. Сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған басқа да бир қатар мәселелер додаланды.
М.Пирматова, ӨзА