Сенатор сораўы: Дәриханалар сертификат алыў ушын неге 8,5 миллион сумға шекем төлем төлеўге мәжбүр болмақта?

Мәмлекетимизде халықты сапасы, қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилиги кепилленген дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника менен тәмийинлеў мақсетинде “Зәрүр дәрихана әмелияты” (GPP – good pharmacy practice) стандарты ислеп шығылған.
Оған бола, 2025-жыл 1-январьға шекем фармацевтика өнимлерин усақлап сатыў менен шуғылланыўшы тармақлық дәриханалар, 2026-жыл 1-январьға шекем болса басқа да дәриханалар сертификат алыўы зәрүр.
Сертификат Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги жанындағы “Зәрүр әмелиятлар орайы” мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен бериледи. Орай хызметкерлери дәриханалардың жумысын орнына шығып тексерип, белгиленген талапларға жуўап берген дәриханаларға 3 жыл мүддетке сертификат бериўи керек.
Әмелиятта болса дәриханалар бул сертификатты алыў ушын 8,5 миллион сумға шекем мәжбүрий пул төлеўи зәрүр болмақта. Ҳәр 9 айда өткерилетуғын гезектеги инспекциялық тексериў ушын болса қосымша 3,2 миллион сум төлем өндирилмекте.
Бул болса, жәмийетшилик ҳәм исбилерменлер арасында үлкен наразылыққа себеп болмақта. Соның ишинде, көплеген дәрихана ийелери буны нызам менен белгиленбеген мәжбүрий жыйым сыпатында баҳаламақта.
Буннан тысқары, өткерилип атырған тексериўлерде қойылып атырған талаплар лицензия талаплары менен дерлик бирдей болып, артықша бюрократиялық жүклеме ҳәм тәкирарланатуғын қадағалаў илажларын келтирип шығармақта.
Исбилерменлер дәриханаларда санитариялық ҳәм гигиеналық талапларды тәмийинлеў бойынша артықша қағазпазлық көбейгенинен, хана температурасын анықлайтуғын термометр үскенелерин ҳәр жылы салыстырыўдан өткериў бойынша да қосымша төлемлер талап етилип атырғанынан өз наразылығын билдирмекте.
Артықша ҳәкимшилик жүк ҳәм мәжбүрий жыйымлар менен байланыслы бундай жағдайларға өз ўақтында итибар қаратылмаса, бул фармацевтика тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигине ҳәм мәмлекетлик уйымларға болған исеним дәрежесине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.
Соның ушын Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы Баҳром Абдуллаев Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизовқа сенаторлық сораў жиберди.
Сенатор усы Агентлик директорынан GPP сертификаты ушын төлемлер қандай есап-санақларға бола қәлиплестирилгени, өндирилген төлемлер қай жерге жумсалып атырғаны бойынша тийкарланған түсиник бериўди сораған.
Сенатор GPP сертификаты ушын мәжбүрий төлем өндириў буйрығы бийкар етилсе, GPP сертификатын енгизиў бойынша келешекте қандай илажлар көриледи ҳәм GPP сертификатын алған исбилерменлерден өндирилген төлемлердиң тәғдири не болады, деген мәселелерди де ортаға таслаған.
Н.Абдураимова, ӨзА