Италияның Ка Фоскари университети менен бирге ислесиў перспективалары додаланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Қуўанышбай Сейтназаров Италиядағы ең абырайлы жоқары оқыў орынларының бири – Венецияның Ка Фоскари университети халықаралық байланыслар бойынша проректоры Антонио Маркомини менен ушырасты.
Институттың мәлимлеме хызметиниң берген мағлыўматларына қарағанда, ушырасыўда проректор институт тарийхы, бүгинги күндеги илимий-инновациялық бағдардағы ҳәм халықаралық бирге ислесиў бағдарындағы жумысларының нәтийжелери туўралы мағлыўмат берди.
Ка Фоскари университети 150 жыллық тарийхқа ийе болған Европадағы алдынғы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бири болып, бул жерде студентлер анық ҳәм гуманитар пәнлер, шет тиллери, менеджмент ҳәм экономика бағдарлары бойынша бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында билим алады.


Илажда педагогика ҳәм филология, экология ҳәм турақлы раўажланыў, технологиялар ҳәм инновациялар, IT тараўында бирге ислесиў бағдарлары додаланды. Атап айтқанда, IT технологиялар, программаластырыў, мағлыўматлар илими (Data Science) бойынша бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында қоспа билимлендириў бағдарламасын жолға қойыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўы, биргеликте әмелий семинарлар ҳәм лабораториялық жумысларды өткериў, санлы технологиялар, жасалма интеллект, программалық тәмийнат, сондай-ақ, оларды билимлендириў ҳәм экология тараўларында қолланыў бойынша биргеликтеги изертлеўлерди раўажландырыў, технологиялық раўажланыў ҳәм IT менен байланыслы халықаралық грантларда биргеликте қатнасыў, жойбарлар бойынша еки жоқары оқыў орны профессор-оқытыўшылары және студентлери ислеўи мүмкин болған IT-лаборатория ҳәм инновациялық орай жаратыў сыяқлы мәселелер көрип шығылды.
Ушырасыў соңында көрип шығылған мәселелер бойынша алдағы ўақытта биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги