Хожели және де раўажланбақта

97

фоторепортаж

Мәмлекетимиз басшысының тийисли тапсырмасына муўапық, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўды жеделлестириў мақсетинде елимиз ўәлаятлары Қарақалпақстандағы районларға бириктирилген.

Бухара ўәлаяты өз тәжирийбеси тийкарында Хожели районын раўажландырыўға жәрдемлеспекте. Быйыл бул аймақта бир қатар дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Мине, усындай саўаплы жумысларды Хожели районлық орайлық ойын майданы мысалында да көриў мүмкин.

Бул футбол стадионы 2005-жылы қурылған болып, ҳәзирги ўақытқа келип оңлаўға мүтәж ҳалға келип қалған еди. Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң басламасы менен “Бирден-бир буйыртпашы инжиниринг хызмети” мәмлекетлик унитар кәрханасының буйыртпасы тийкарында орайлық ойын майданда кең көлемли қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, мың тамашагөйге мөлшерленген стадион еки ярым мың тамашагөй сыйымлылығына бейимлестирилмекте. Жасалма қапламалы майдан жаңаланып, жуўырыў жоллары қурылды. Ҳәзирги ўақытта бул жерде соңғы басқыштағы қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул мақсетке дерлик 5 миллиард сум қаржы қаратылған.

ӨзА