Президент басламасы менен Бозатаўда жаңа шыпа мәсканы қурылды

75


Соңғы жыллары елимизде халықтың саламатлығын беккемлеў, дем алыў имканиятларын жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.


Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиӊ 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалары, сондай-ақ, 2020-жыл 8-октябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўда ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған илажлар ҳаққында”ғы 73-санлы мәжилис протоколының 103-бәнтине муўапық, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен Бозатаў районында 2021-жылы санатория қурыў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерацияси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басшылары тәрепинен санаторийдың ирге тасы 2023-жылы 10-март күни қаланған болса, ҳәзирги күнде адамлардың саламатлығын тиклеўге қаратылған жаңа санаторий бой тикледи.
17-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллық юбилейи ҳәм “11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” мүнәсибети менен системада алдынғы ҳәм пидайы ислеп келген кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм мийнет ветеранлары менен ушырасыўы болып өтип, онда Бозатаў санаториясы салтанатлы түрде ашылды.


Ушырасыўда онлайн тәризде аймақлық студиядан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, министрликлер ҳәм шөлкемлердиң басшылары, кәсиплик аўқамларының белсендилери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы ўақытлары республикамызда Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, аймақларда жүз берип атырған ири өзгерис ҳәм жаңаланыўларды мақтаныш пенен атап өтти. Әсиресе, ең шетки аймақлардың бири Бозатаўда халықаралық талапларға жуўап беретуғын 6 қабатлы жаңа заманагөй санаторияның қурылғаны инсан қәдири ушын исленип атырған ийгиликли ислердиң айқын көриниси екенлигин айтып, буның ушын Ҳүрметли Журтбасшымызға пүткил бозатаўлылар, қарақалпақстанлылардың атынан үлкен миннетдаршылық билдирди.
Бул – инсан қәдирин, халықтың абаданлығын үстин деп билген мәмлекетлик сиясаттың әмелий көриниси болып есапланады, – деди республикамыз басшысы.
Санаторий 6 қабатлы ықшам жатақханалар, 2 қабатлы емлеў орайы, заманагөй асхана ҳәм мәденият клубы, фин, рус ҳәм түрк моншалары, жабық түрдеги бассейн, сондай-ақ, шаңарақлық коттеджлер ҳәм басқа да инфраструктуралардан ибарат. Санаторияда қуяш панельлери арқалы қайта тиклениўши энергия дереклери де жолға қойылған.


Жойбарға бола, санаторий бир ўақыттың өзинде 200 дем алыўшыға хызмет көрсетип, жылына 6000 пуқара емлик суў процедуралары, физиотерапия ҳәм басқа да заманагөй медициналық хызметлер арқалы өзлериниң саламатлығын тиклеў имканиятына ийе болады.
12,5 гектар майданды ийелеп атырған санаторийдиң 6,3 гектарына мийўели, 4 гектарына саяманлы терек нәллери егилген.


124 миллиард сумлық бул жойбар 120 қәниге ушын турақлы жумыс орынларын жаратады. Бул болса, өз гезегинде, район халқының турмыс сапасын арттырыўға хызмет етеди.
Қурылыс жумыслары мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылған болып, буйыртпашы сыпатында – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы капитал қурылыс басқармасы тәрепинен әмелге асырылды.


Илажда Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Қудайберген Тилеўлиев те шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасы, соның ишинде Бозатаў районына көрсетип атырған аталарша ғамқорлығы ушын Президентимизге айрықша рахмет айтып, аймақ халқы Журтбасшымыздың бундай жоқары исенимин ақлаў ушын аянбастан хызмет ете беретуғынын атап өтти ҳәм миннетдаршылық сыпатында Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Дәўлетованың “Президент” атлы қосығын айтып берди.


Салтанатлы мәресимде илаж қатнасыўшылары дем алыў орнында жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысып, оларға өзлериниң жоқары баҳасын берди.
Ҳақыйқатында да Бозатаўда мине усындай саўлатлы санаторийдың пайдаланыўға тапсырылыўы, бул Президентимиз басшылығында Қарақалпақстанда халық ийгилиги ушын исленип атырған жумыслардың әмелдеги көриниси болып табылады.


Жаратылып атырған бул қолайлықлар болса, халқымыздың ертеңги күнге деген исенимин беккемлеп, оларды жаңа шеклерге қарай талпындырмақта.
Ашылыў мәресимине Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.