ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының қадағалаў-бюджет комиссиясының мәжилиси өткерилди

ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлери Парламентлераралық Ассамблеясының қадағалаў-бюджет комиссиясының мәжилиси болып өтти. Онда Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң баслығы Эркин Гадоев онлайн тәризде қатнасты.
ҒМДА мәмлекетлериниң парламент ўәкиллери, экспертлери ҳәм нызам дөретиўшилери қатнасқан мәжилис шеңберинде Ассамблея жумысын қаржылай тәмийинлеўге байланыслы мәселелер додаланды.
Ассамблеяның 2026-жыл ушын қәрежетлер сметасы, илажларды қаржыландырыў тәртибиниң жаңа редакциясы, сондай-ақ, қадағалаў-бюджет комиссиясының 2026-жылға мөлшерленген жумыс режеси сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлер Парламентлераралық Ассамблеясының қадағалаў-бюджет комиссиясының додалаўы жуўмағында тийисли қарарлар қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА