Нобель сыйлығының лауреаты Самарқандта баянат оқыды

98

Самарқанд мәмлекетлик шет тиллер институтында Жипек жолы университетлери халықаралық тармағы Х Бас ассамблеясының форумы болып өтти.

Бул абырайлы халықаралық илажға дүньяның 30 дан аслам жетекши халықаралық университетлеринен келген ректор ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институтының биринши проректоры А.Курахмедов институттың жумысы, туризм, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлар ушын кадрлар таярлаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип, Жипек жолы университетлери халықаралық тармағына ағзалықтың нәтийжеси ҳаққында сөз етти.

Жипек жолы университетлери тармағы шөлкемлестирилгениниң 10 жыллық юбилейи шеңбериндеги форумда тармаққа ағза жоқары оқыў орынларының ректорлары менен бир қатарда тынышлық бойынша Нобель сыйлығының лауреаты доктор Адам Френч те баянат жасады.

Күнниң екинши ярымында ректорлар кеңесиниң жыллық мәжилиси өткерилип, өткен 10 жыллық жумыс жуўмақланды ҳәм алдағы режелер белгилеп алынды.

Форум шеңберинде шөлкемлестирилген халықаралық студентлер конференциясы жаслар ушын илимий пикир алысыў, инновациялық усыныслар презентациясы ҳәм халықаралық тәжирийбе алмасыў майданына айланды. Оған тармаққа ағза жоқары оқыў орынларында билим алып атырған қәбилетли студентлер өз илимий мақаласы, тезис ҳәм рационализаторлық усыныслары менен қатнасты.

Ғ.ҲАСАНОВ, ӨзАның хабаршысы