Өзбекстан – Саудия: нәтийжели бирге ислесиў жедел раўажланбақта

105

Саудия Арабстанындағы SPA мәлимлеме агентлиги, “Al-Riyadh”, “Al-yaum”, “Akhbaar-24” сыяқлы жетекши басылымлар Патшалық инвестициялар министри Холид Ал-Фалиҳ басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапарын кеңнен жарытпақта.

Мақалаларда Президентимиздиң усы қүдиретли араб мәмлекетиниң жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыўы толық талланбақта. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, еки мәмлекет жетекшилериниң биргеликтеги ҳәрекетлери себепли кейинги жылларда Өзбекстан – Саудия көп тәреплемели шериклиги жоқары дәрежеге көтерилди.

– Уллы мәртебели мырза – Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген дөгерек сәўбетинде ҳәр еки тәрептиң умтылысынан келип шыққан ҳалда, мәмлекетлеримиздиң экономикасын буннан былай да беккемлеў, халықларымыздың абаданлығын арттырыў мәселелери додаланды, – делинген мақалада. – Өз-ара пайдалы бирге ислесиўде нәтийжелиликти тәмийинлеў жоллары талланды. Саудия – Өзбекстан қоспа комитетиниң жетинши мәжилиси болып өтти. Ушырасыўда ҳәр қыйлы әҳмийетли тараўлардағы шерикликти раўажландырыўға байланыслы бир қатар мәселелер, атап айтқанда, перспективалы инвестициялық имканиятлар көрип шығылды, исбилерменлик орталығы алдында турған машқалалардың шешимине айрықша итибар қаратылды.

Илажға “ACWAPower”, “Al Muhaidib Group”, “Vision Invest”, “Data Volt”, “Riyadh Cables”, “AlMajdiah”, “InterHealth”, “Saudi Tabreed”, “Al-Bawani Holding”, “Miahona”, “Pemco” сыяқлы белгили компания ҳәм корпорациялардың ўәкиллери қатнасқаны атап өтилген.

– Саудия ҳәм Өзбекстан қатнасықларындағы бүгинги жедел раўажланыўға тийкарғы тармақлардың жуўапкерлери арасында сапарлар алмасыўы, бирликтеги ҳүкимет комитетлери, исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, форумлар арқалы ерисилмекте, – деп жуўмақ шығарған автор.

М.Пирматова, ӨзА