«Фаровон» мәҳәллесинде жаңа заманагөй бақша пайдаланыўға тапсырылды

Елимизде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги материаллық-техникалық базаны беккемлеўге, шараят ҳәм имканиятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бул сөзимиздиң дәлийлин Әмиўдәрья районы «Фаровон» мәҳәллесинде пайдаланыўға тапсырылған 55-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми мысалында көриўимиз мүмкин.
Жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылыс жумыслары мәмлекетимиз басшысының арнаўлы қарары тийкарында Ислам раўажланыў банки ҳәм OPEK халықаралық фондының қатнасыўындағы «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбары шеңберинде әмелге асырылды. Қурылыс жумысларының сапалы ҳәм тез жуўмақланыўында «Zamin qurilish trans servis» жуўапкершилиги шекленген жәмийети үлкен үлес қосты.
Әлбетте, заманагөй ҳәм барлық қолайлықларға ийе жаңа имараттың бой тиклеўи халықты қыйнап киятырған машқалаға шешим болды. Жаңа бақшаның пайдаланыўға тапсырылыўы менен 90 ул-қыз усы жерде тәлим-тәрбия алыўды баслады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги