Ҳәр бир аймақта “Кәсиплик аўқамлары бағлары”н шөлкемлестириў усыныс етилди

Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамлары ўәкиллери менен ушырасты.
– Турмыс бир ҳақыйқатты бәрқулла атап өтеди: тарийхты пуқта билмей турып, келешекти қурып болмайды. Сол ушын, ҳәр бир шөлкем ҳәм мәкемениң тарийхын үйрениў, оларда мийнет еткен инсанларды еслеў, ийгиликли ислерин келешек әўладларға жеткериў бәршемиздиң миннетимиз, – деди Президент.
Усы мақсетте илимпазлар, тараў ветеранлары ҳәм белсендилери тәрепинен өткерилген үйрениўлер елимизде кәсиплик аўқамлары ҳәрекетине 1905-жылы тийкар салынғанын дәлилледи. Сонлықтан, быйыл пүткил мәмлекетимиз бойлап, кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллық юбилейи кеңнен белгиленбекте.
Буннан төрт жыл бурын Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тарийхы музейи тараўға байланыслы мағлыўмат ҳәм экспонатлар менен халқымызды таныстырыўда әҳмийетли роль атқармақта.
Мине усы қутлы сәне мүнәсибети менен Президентимиз мийнеткеш халқымызға терең ҳүрмет-иззеттиң көриниси сыпатында ҳәр бир аймақта “Кәсиплик аўқамлары бағлары”н шөлкемлестириўди усыныс етти.
Ўәлаят ҳәкимлерине кәсиплик аўқамлары менен мәсләҳәтлесип, бағлар ушын орын ажыратыў тапсырылды.
– Кәрхана ҳәм шөлкемлердеги кәсиплик аўқамлары да жумыс орнында, хызметкерлери жасайтуғын мәҳәллелерде терек егип, жасыл аймақларды кеңейтип, тазалық ҳәм абаданластырыў жумысларын шөлкемлестирсе, мийнет жәмәәтлериндеги орталық пүткиллей басқаша болады, деп ойлайман, – деди Президент.
ӨзА