“Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам қабыл етилиўин тезлетиў зәрүр екенлиги айтылды

96

Ҳәр қыйлы себеплер менен жумыссыз қалған, мийнет етиў процесинде кеселлик ямаса майыплыққа ушыраған адамларды социаллық қоллап-қуўатлаў кепилликлерин күшейтиў де әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Сол себепли, тиккелей әмел ететуғын “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызамның қабыл етилиўин жеделлестирип, онда социаллық қамсызландырыў қорын қәлиплестириўде жумыс бериўши ҳәм хызметкерлердиң қатнасы анық белгилеп берилсе, әдиллик болатуғыны атап өтилди.

Және бир мәселе – мәлимлеме коммуникациялары жедел раўажланып атырған ҳәзирги дәўирде адамларға исенимли мағлыўматларды өз ўақтында, дурыс жеткериў оғада әҳмийетли.

Кәсиплик аўқамларында буның ушын имканият та, шараят та, потенциал да жетерли екени атап өтилди.

Ең үлкен аудиторияға ийе болған кәсиплик аўқамлары ҳадал ҳәм пидайы мийнетти үгит-нәсиятлаў ҳәм мийнет қатнасықларында нызамлылықты тәмийинлеўге байланыслы мәлимлемелерди жәмийетшиликке бириншилерден болып жеткерип бериўи керек екенлиги атап өтилди.

ӨзА