Кәсиплик аўқамлары – мийнетти қорғаў бойынша жәмийетлик қадағалаўды алып баратуғын ең үлкен шөлкем

Кейинги бес жылда олар тәрепинен кәрхана ҳәм шөлкемлерде 152 мың нызам бузылыўы анықланған. Негизинде, бундай жағдайлар бираз көп екенлиги, судлар тәрепинен үш жылда 48 мыңнан аслам мийнет келиспеўшиликлери көрип шығылғаны атап өтилди.
Кәсиплик аўқамлары жарастырыўшы, келисимге келтириўши буўын сыпатында жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиўде белсендилик көрсетиўи мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Соның менен бирге, жумыс пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер ҳәм кәсипке байланыслы кеселликлер ҳаққындағы мағлыўматлардың бир пүтин системасы жоқ екенлиги көрсетип өтилди.
Мәселен, бахытсыз ҳәдийселер есабы ҳәм олардың себебин үйрениў отыз жыл алдын қабыл етилген ҳүкимет қарарындағы ескирген нормалар тийкарында қағазда жүргизилмекте.
Жуўапкер министрлерге кәсиплик аўқамлары менен бирге бахытсыз ҳәдийсе ҳәм кәсипке байланыслы кеселликлерге шатылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўматларды алыўдың бирден-бир системасын иске қосыў және бундай ҳәдийселердиң есабатын жүргизиў, себеплерин таллаў ҳәм оған шешим табыў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.
ӨзА