“Кәсиплик аўқамлары – ҳаял-қызлар мәпи жолында” деген сүрен тийкарында жаңа системаны жолға қойыў усыныс етилди

104

Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамлары ўәкиллери менен ушырасыў өткермекте.

Кәсиплик аўқамлары өткен дәўирде ҳаял-қызлар мийнетин қорғаў бойынша үлкен тәжирийбе топлады. Атап айтқанда, олар “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы 4,5 миллион жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиўде бас-қас болды.

Ҳаял-қызлардың белсенди социаллық қатлам болып қәлиплесиўинде кәсиплик аўқамларын жетекши күшке айландырыў ушын бүгин барлық имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди. Бул бағдарда “Кәсиплик аўқамлары – ҳаял-қызлар мәпи жолында” деген сүрен тийкарында жаңа системаны жолға қойыў усыныс етилди.

Президентимиз бул система шеңберинде Ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша комиссия ҳәм Федерацияны мийнет базарында ҳаял-қызлар ушын теңдей имканиятлар жаратыў, олардың турмыста өз орнын табыўына ҳәм социаллық белсендилигин арттырыўға жәрдемлесиў бойынша жаңа қатнасларды енгизиўге шақырды.

Турақ жай ҳәм жасаў шараятын жақсылаўға, медициналық, психологиялық, ҳуқықый жәрдемге мүтәж, күш көрсетиў ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларды да “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы қоллап-қуўатлаў, аўыллық жерлерде ҳаял-қызлардың бәнтлигин ҳәм исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарламаларын және де кеңейтиў усыныс етилди.

Ҳәр жылы мийнет жәмәәтлериндеги гендер аудит нәтийжелерин додалап, жумыс бериўшилер менен биргеликте ҳаял-қызларға және де қолайлы мийнет шараятларын жаратыў, 14 тармақ кәсиплик аўқамлары бойынша гендер теңликти тәмийинлеў ушын мәнзилли стратегиялар ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА