Кәсиплик аўқамлары мәҳәллелер менен жақыннан ислейтуғын нәтийжели системаны жолға қойыў усыныс етилди

120

Глобалласыў ҳәм санлы раўажланыў шараятында мийнет қатнасықлары тараўында жаңа түрлер де кеңнен ен жаймақта.

Имканият ҳәм шараят жаратып берилгени себепли бүгинги күнде 6 миллионға шамалас халық өзин-өзи бәнт етип, руўзыгершилигин тәмийинлемекте.

Мәселен, ҳәзирги ўақытта адамларымыз программист, веб-дизайнер, өнермент, такси айдаўшысы, курьер сыяқлы онлаған кәсиплерде платформалы бәнтлик тийкарында ислемекте. Көплеген пуқараларымыз, әсиресе, ҳаял-қызлар аралықтан турып мийнет етиўди үйренди. Мәҳәллелерди “драйвер” тараўларға қәнигелестириў есабынан 1,5 миллион шаңарақ өз шаңарағында ислеп, дәрамат алмақта.

Бүгин бул бағдарлар экономикалық раўажланыўымыздың бир бөлегине, оларда жумыс алып барып атырған адамлар болса мийнет қатнасықларының тең ҳуқықлы субъектине айланбақта.

Енди кәсиплик аўқамлары да мәҳәллелер менен тығыз ислейтуғын нәтийжели системаны жолға қойыў усыныс етилди.

Бәнтлик министрлигине кәсиплик аўқамлары менен биргеликте платформаларда жумыс алып барып атырған пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳәм мийнетти қорғаўды тәмийинлеў, олардың өмири, қәўипсизлигин қамсызландырыў бойынша тийкарланған усынысларды Ҳүкиметке киргизиў тапсырылды.

ӨзА