Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарын белгилеўде жаңаша қатнас енгизиледи

102

Мәмлекетимиз басшысы кәсиплик аўқамларының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм мийнет қатнасықларын жақсылаў бойынша келешектеги ўазыйпаларды додалады.

Экономика турақлы өсип бармақта. Халықтың турмыс абаданлығын соған сәйкес түрде арттырыў ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары да ҳәр жылы көбейтип барылмақта. Бирақ бул мәселелер көбинесе бир тәреплеме, яғный, мәмлекетлик уйымлардың есап-санағы ҳәм усынысы менен шешилмекте.

Сонлықтан, келеси жылдан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарын ислеп шығыўға Социаллық-мийнет мәселелери бойынша үш тәреплеме республикалық комиссияны (Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Бәнтлик министрлиги, Жумыс бериўшилер конфедерациясы) да тартыў усыныс етилди.

Бул мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарын белгилеўде хызметкерлердиң мәпин кепилликли қорғаў бойынша жаңаша қатнас болады.

“Инсан қәдири, оның турмыс сапасы тек ғана мийнет ҳақы менен емес, ал социаллық орталық пенен де белгиленеди.

Буның ушын хызметкерлерди турақ жай, сапалы билимлендириў, медицина ҳәм транспорт хызметлери менен кепилликли тәмийинлеп, ең әҳмийетли турмыслық талапларына жететуғын дәрамат табыўына шараят жаратып бериўимиз зәрүр”, – деди Президент.

ӨзА