Кәсиплик аўқамлары жумысының жаңа қырлары олардың абырайының артып барыўына хызмет етпекте

Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамларыныӊ ўәкиллери менен ушырасты. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, тараў ўәкиллери менен сөйлесип атыр.
Кәсиплик аўқамлары жумысының жаңа қырлары тек ғана елимизде емес, ал халықаралық көлемде де олардың орны ҳәм абырайының артып барыўына хызмет етпекте.
Федерацияның басламасы менен 2021-жылы Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамларыныӊ кеңеси дүзилди.
2023-жылы Самарқанд қаласында Түркий мәмлекетлер кәсиплик аўқамлары шөлкемине тийкар салынды.
Федерацияныӊ өткен жылы Халықаралық кәсиплик аўқамлары конфедерациясына ағза болғаны оның дүньядағы абырайын жаңа басқышқа алып шығатуғын тарийхый ўақыя болды.
Федерацияның социаллық қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саламатландырыў, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлери де толық қоллап-қуўатланды.
ӨзА