Наҳақтан босатылған он үш мың хызметкер жумысқа қайта тикленди

Мәмлекетимиз басшысы кәсиплик аўқамларының кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнетке байланыслы ҳуқықларды қорғаўдағы жанкүйерлигин айрықша атап өтти.
Соңғы жыллары 500 мыңға шамалас хызметкердиң нызамлы ҳуқықлары қорғалып, олардың пайдасына 267 миллиард сум өндирип берилди.
Сондай-ақ, жумыстағы бахытсыз ҳәдийселер себепли жәбирленген 1 мың хызметкерге 35 миллиард сум компенсация пулы төлеп берилген.
Буннан тысқары, наҳақтан босатылған 13 мың хызметкер жумысқа тикленген.
Төрт жыл алдын Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясының шөлкемлестирилгени кәсиплик аўқамларының жумысында жаңа бағдар болды. Президент жоқары оқыў орны питкериўшилери кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнет ҳуқықларының қорғаўшысына айланып, бул тараўда нызамлылықты беккемлеўге мүнәсип үлес қосатуғынына исеним билдирди.
ӨзА