Түркий мәмлекетлердиң спорт ҳәм жаслар мәселесиндеги умтылысларында бирлик жәмлескен

Бүгин, 17-октябрь күни Ташкент қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер жаслар ҳәм спорт мәселелери бойынша министрлериниң 9-мәжилиси болып өтеди.

Усы мүнәсибет пенен бул әнжуманда қатнасыў ушын бир қатар мәмлекетлердиң спорт ҳәм жаслар тараўының жуўапкерлери елимизге келди.

Атап айтқанда, күни кеше Ташкент халықаралық аэропортында Қазақстан Республикасы туризм ҳәм спорт министри Ербол Мирзабосынов, Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм мәлимлеме министриниң орынбасары Евгений Кочетов, Әзербайжан Республикасы жаслар ҳәм спорт министри Фарид Гаипов, Қырғыз Республикасы денетәрбия ҳәм спорт агентлигиниң директоры Казибек Молдажиев ҳәм усы мәмлекеттиң мәденият, мәлимлеме ҳәм жаслар сиясаты министриниң орынбасары Марат Тагаев күтип алынды.

Күн даўамында өткерилетуғын әнжуман даўамында Түркий мәмлекетлердиң басшылары қатнасыўында қол қойылған бирге ислесиў ҳүжжетлериндеги ўазыйпалардың орынланыўын таллаў, улыўма мақсетлерди спорт ҳәм жаслар ҳәрекетине интеграциялаў, усы бағдарларға байланыслы орнатылған келисимлерди жаңа басқышқа алып шығыў, ири спорт илажлары, сондай-ақ, жаслар ушын системалы жойбарлар шөлкемлестириў, перспективалы режелерди турмысқа енгизиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылыўы белгиленген.
Т.Рўзиев, ӨзА