ФИФА: Жәҳән чемпионатына бир миллионнан артық билет сатылды

119

2026-жылдың 11-июнь сәнесинен 19-июль сәнесине шекем АҚШ, Канада ҳәм Мексика мәмлекетлеринде футбол бойынша Жәҳән чемпионаты ойынлары өткерилетуғынлығынан хабарыңыз бар.

Бул жарыс басланыўына аз ўақыт қалып атырғаны себепли, дүнья жүзи бойлап чемпионат ҳаққында ҳәр қыйлы хабарлар көбеймекте. Бул хабарлардан бири, жарыстағы ушырасыўлар ушын шығарылған билетлердиң сатылыўы ҳаққында болды.

Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясының (ФИФА) берген хабарына бола, ҳәзирги ўақытта Жәҳән чемпионатының 1 миллионнан аслам билетлери сатылған ҳәм бул санлар күн сайын артып бармақта. Спорттағы ең әҳмийетли илажлардан бири болған бул чемпионатқа 212 мәмлекеттен тамашагөйлер келиўи күтилмекте.

Еслетип өтемиз, топар ойынлары ушын билетлердиң баҳасы 60-105 АҚШ долларынан 410-620 АҚШ долларына шекем баҳаланған. Нью-Джерси қаласында болып өтетуғын финал ушын 1-категория билетлери 6730, 2-категория 4210, 3-категория 2790, 4-категория болса 2030 АҚШ доллары етип белгиленген. Билетлер баҳасы және де көтерилиўи мүмкин.

Мағлыўмат орнында: мундиалда 48 сайланды команда 4 тен 12 топарға бөлинген ҳалда қатнасады. Топарларда дәслепки еки орынды ийелеген ҳәм үшинши орынды ийелеген ең жақсы сегиз команда кейинги басқышқа жол алады.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА