Варшавада Өзбекстандағы гендер теңлик тараўындағы жетискенликлер атап өтилди

Варшавада Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы тәрепинен Инсаныйлық нормалары бойынша Варшава конференциясы болып өтти.
Оған Өзбекстан делегациясы да қатнасты. Әнжуман шеңберинде “Гендер теңлик перспективалары: Өзбекстанның ҳаял-қызлар ҳуқықлары бойынша глобал күн тәртибине қосқан үлеси” атамасында илаж шөлкемлестирилди.
Илажды өткериўден гөзленген мақсет – Өзбекстанның ҳаял-қызлар ҳуқықларын алға қойыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў тараўындағы жетискенликлерин таныстырыў, сондай-ақ, бул тараўдағы раўажланыўды жеделлестириў мәселелери бойынша халықаралық сөйлесиўди беккемлеўге жәрдемлесиўден ибарат.
Додалаўда 40 тан аслам қатнасыўшы, соның ишинде, ЕҚБШға ағза мәмлекетлердиң дипломатиялық ўәкилханалары, пуқаралық жәмийети, халықаралық шөлкемлер ҳәм академиялық институтлардың ўәкиллери қатнасты.
Илажда Олий Мажлис Сенатының ағзасы Г.Маруфова, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директорының орынбасары Д.Муродова Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.
Парламенттиң ҳаял-қызлар ҳуқықларын алға қойыў бойынша жедел платформаға айланғаны атап өтилди. 2030-жылға шекем мөлшерленген Гендер теңликке ерисиў бойынша миллий стратегияның бул бағдардағы унамлы тәсирине итибар қаратылды.
Ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеў илажлары, соның ишинде, жеңиллетилген кредитлеў бағдарламалары ҳәм билимлендириў басламаларына айрықша итибар берилди.
Додалаў қатнасыўшылары мәмлекет басшысының жоқары сиясий ерк-ықрары ҳәм кең көлемли нызамшылық реформалары тийкарында Жаңа Өзбекстанда гендер теңлик тараўында сезилерли жетискенликлерге ерисилгенин атап өтти.
Н.Абдураимова, ӨзА