Инсан мийнети ҳәм оның қәдири бийбаҳа байлық есапланады

Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамлары ўәкиллери менен ушырасты. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, тараў ўәкиллери менен сөйлесип атыр.
– Инсанныӊ мийнети, оның қәдири қандай бийбаҳа байлық екенин сизлер ҳәммеден жақсы билесиз, – деди Президент ушырасыўда.
Елимизде халықшыл, социаллық мәмлекет қурыў, инсан қәдирин улығлаў барлық реформаларымыздың баслы мақсетине айланған ҳәзирги күнде олардың бай билим ҳәм тәжирийбеси оғада әҳмийетли.
Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемге исшеңлик орталығын, мийнет жәмәәтлерине хошамет ҳәм әдиллик руўхын алып кирип атырған кәсиплик аўқамларының белсендилерине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Реформалардың дәслепки күнлеринен “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идеяны әмелге асырыў ушын, бәринен бурын, экономикалық-социаллық тараўларды раўажландырыўға тийкарғы итибар қаратылды.
Бул жолдағы ҳәрекетлер себепли сегиз жылда экономикамызға 130 миллиард доллар инвестиция кирип келди, мыңлаған жаңа қуўатлықлар иске қосылды, миллионлаған турақлы жумыс орны жаратылды.
Жеке меншик секторға кеңнен жол ашылып, адамларға мүнәсип мийнет шараяты жаратып берилгени себепли жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетти.
ӨзА